Menu
Your Cart

«Ийман» (қорақалпоқ тилида)

«Ийман» (қорақалпоқ тилида)
«Ийман» (қорақалпоқ тилида)
«Ийман» (қорақалпоқ тилида)
«Ийман» (қорақалпоқ тилида)

Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф ҳазратларининг қаламларига мансуб «Иймон» деб номланган китобнинг қорақалпоқ тилидаги нашри.

АЛҒЫ СӨЗ

    Биз бенен сизди саналы инсан етип жаратқан Аллаҳ тааланың Өзине шексиз ҳамду-сәнелер болсын!

    Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға таўсылмас сәлем ҳәм салаўатлар болсын!

    Оның шаңарақ ағзалары ҳәм саҳабаларына Аллаҳ тааланың разылығы болсын!

    Әзиз оқыўшы! Қолыңыздағы бул китапты қарақалпақшаға аўдарыў барысында Қураны кәрийм, ҳәдиси шәрийф ҳәм темаға тийисли басқа да араб тилиндеги сап дереклерден пайдаландық. Сондай-ақ, араб, өзбек ҳәм қарақалпақ тили өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда сол тиллерге тийисли сөзликлерди үйренип шығыў нәтийжесинде бул китапты қарақалпақ тилине аўдарып, сиз – әзизлерге усынып отырмыз.

    Китапта Ислам дини ҳаққында, ийман, Аллаҳ таала, Қураны кәрийм ҳәм оның нәзил болыўы, мөжизалары, ғайып, жаратылыс, дүньяның жаратылыўы, руўх, қайта тирилиў, әжел, ақырзаман – қыямет күни, истиғфар, әпиў, шәпәәт, тәўбе, үмит, ибадат, дәбдебепазлық иллети, нәпси бәлеси, ғыйбат, ғәзеп, көре алмаўшылық, сүннет, бул дүньяның имтиханнан ибарат екенлиги ҳаққында түсиник Аллаҳ тааланың илими Қураны кәрийм кәлиймасы, Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннети, ҳәдиси-шәрийфлер менен баян етилген. Сондай-ақ, бир неше данышпан, алымлардың пикирлери де үйренилип, үзиндилер алынған. Бул өз гезегинде айырым адамлардың бул бойынша ғабырысыўларына айдынлық киргизиўи сөзсиз.

    Мине, Аллаҳ тааланың жәрдеми менен сиз әзизлерге «Ийман» китабының қарақалпақ тилиндеги биринши басылымын усынар екенбиз, бул китап үлкемиздеги диний орталықты саламатластырыўға, сап Ислам дини ҳаққында белгили бир түсиник ҳәм билимге ийе болыўыңызға, адамлар арасындағы базы бир түсинбеўшиликлердиң алдын алыўға, беккем ерк-ықрарлы, ийманлы-инсаплы болыўға хызмет етиўине исенип қаламыз.

    Китаптың таяр ҳалға келип, баспа жүзин көриўге шекем өз пикир усыныслары ҳәм хызметлери менен көмекши болған барлық әзиз инсанларға өзимиздиң шексиз миннетдершылығымызды билдиремиз. Егер бул китаптан қандай да жақсылық тапсаңыз – Аллаҳ тааладан, ал нуқсан ҳәм кемшилик тапсаңыз – кәмийнә хызметкериңизден деп билгейсиз. Аллаҳ тааланың Өзи туўры жолға басласын! Әмийн!

Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
Таржимон: Шамсуддин Баҳоуддинов
Номи: Иймон (қорақалпоқ тилида)
Нашриёт: «Hilol» нашриёт-матбааси
Сана: 2019 йил
Ҳажми: 376 бет
ISBN: 978-9943-5773-4-3
Ўлчами: 84×108 1/32
Муқоваси: қаттиқ

Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Дин ишлари бўйича қўмитанинг 2019 йилдаги 1518-сонли тавсияси ила чоп этилган.

Мазмуны

Алғы сөз

Ислам

«Ислам»ның мәниси не?

Исламның шәрий мәниси

Ислам ҳәм илим. Исламда илим

Исламда ақыл

Илим ийманға шақырады

Ислам жақсылыққа шақырады

Динсизлер менен тартыс

Болмыстың өзгермес нызамлары

Тәжирийбе ҳәм гүўалықлар

Ислам қандай илимге шақырады?

Биология

Психология

Тарийх ҳәм социология

Ислам – орташалық дини

Исламда инсан ҳуқықлары

Исламда ҳаяллардың ҳуқықы

Ҳаял-қызлар ҳәм тең ҳуқықлылық

Исламда тәбиятты қорғаў

Ислам ҳәм өсимликлер әлеминиң қорғалыўы

Ислам ҳәм қоршаған орталықты қорғаў

Ислам ҳәм басқа дин ўәкиллери

Батыс алымларының ислам мәденияты

ҳаққындағы гүўалықлары

Батыс алымларының ислам жүрислери

ҳаққындағы гүўалықлары

Ислам мүриўбети бойынша батыс 
уламаларының гүўалықлары

Күшли мөмин күшсиз мөминнен жақсырақ

 

Ийман

Аллаҳ тааланың бар екенине 
исениўге қәдирмисиз? Ийман ҳәм илимий дәлиллер

Ең үлкен дәлил

Дәлиллерден және бири

Тәбияттағы дәлиллерден және бири

Дәлиллерден және бири

Аллаҳ таалаға исениў – инсанға тән

Кимге ҳәм неге сыйыныў керек?

Шахсқа сыйыныў

Бут ҳәм сәнемлерге ибадат

Ҳаўайы нәпсиге ибадат

Өткенлерге сыйыныў

Тәбиий күшлерге сыйыныў

Шәпәәт

Аллаҳ таала – ҳәр нәрсени билиўши

Аллаҳ таала – теңи жоқ қүдирет ийеси

Ол – өмирдиң дереги

Аллаҳ тааланың кәламы. (Сөйлесиўи)

Әзелий ҳәм бақый

Толық қәдирлик жәбир мәнисинде емес

Ол зулым қылыўшы емес

Қыямет күнине ийман

Периштелерге ийман

Периштелердиң ислери

Пайғамбарларға ийман

Материалистлик көзқарас 
ҳәм оның жәмийеттеги тәсири

Руўх дегенимиз не

Руўх ҳаққында

Қайта тирилиў

Қыямет күниниң қорқынышлары

Ақыреттеги есап-санақ

Қадар

Инсанның ықтыяры

Ҳидаят ҳәм адасыў

Әжел ҳәм ырысқы өлшеўли

Қадарға исениўдиң пайдасы

Ислам ҳәм руўхый турмыс

Дүнья руўхый мәдениятқа мүтәж

Басқа диндеги руўхый қағыйдалар

Исламда инсанның дүнья менен байланысы

Ақыреттиң дүньядан абзаллығы

Бул дүнья ҳәўеслерине мақтаныш 
етиўден қайтарыў

Дүнья имтиханнан ибарат

Дәбдебе иллетлери

 

Қураны кәрийм

Қураны кәрийм

Қуран түсиўиниң басланыўы

Қураны кәриймниң жәмлениўи

Қураны кәриймниң түсиў жағдайлары

Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм

Қураны кәрийм – муҳаммад алайҳиссаламға

берилген баслы мөжиза

Қуран ҳәм тәбият ҳәдийселери. Мөжизаларға бай китап

Дүньяның жаратылыўы

Затлардың созылыўы ҳәм кеңейиўи

Қуяш, ай ҳәм жердиң ҳәрекетлениўи

Космостағы жанзатлар

Бийикликте кислородтың кемейиўи

Атомның бөлиниўи

Ҳәр бир нәрсе жуп қылып жаратылған

Бултларды бир-бирине қосыў

Жаўын ҳәм жердиң ҳәрекетке келиўи

Болмыстағы нәрселердиң теңсалмақлылығы

Толқынлардың астынғы ҳәм үстинги ағымы

Ҳайўанат ҳәм қуслар әлеминиң 
инсаният әлемине уқсаслығы

Эмбрионның өсиў процеси

Эмбрионның көринбес пердеси

Эмбрионның зүликке уқсаўы

Бармақ ушлары бийтәкирар

Қуран ҳәм әдеп. Мал-дүнья фитнасы

Сықмарлықтың жаманлығы

Аллаҳтан қорқыўдың жаманлыққа қарсы

гүресиўдеги пайдасы

Истиғфар (гүнаны кешириўди сораў) ҳәм оның тәсири

Тәўбә

Жәрдем үмитте

Ибадат

Дуўа

Әдеп-икрамлылық (этика)

Иҳсан

Сабыр

Әпиў

Садықлық ҳәм оның көринислери

Адамларды жарастырыў

Өз ара жәрдем

Уллымәртебелилик

Шийринсөзлилик

Жақсылар менен сәўбетлес болыў

Жақсы дос таңлаўға шақырыў

Руқсат сораў ҳәм сәлемлесиў

Нәпси ҳәўесине берилиў

Менменлик

Арақхорлық ҳәм қумарпазлық

Ислам гиябентликке қарсы

Ислам террорға қарсы

Өтирик сөйлеў ҳәм оның ақыбетлери

Өзгелерди кемситиў

Гүманшыллық, тыңшыллық ҳәм ғыйбат

Зина

Fәзеп

Қызғаныў

Бийҳуўда гәп ҳәм ис

Ашкөзлик

 

Сүннет

«Сүннет»тиң мәниси не?

Сүннет ҳәм илимий мөжизалар

Шәрият

Жуўмақлаў

Тавсия ёзиш

Изоҳ: HTML is not translated!
Ёмон Яхши
«Ийман» (қорақалпоқ тилида)
32 000 сўм
  • Stock: Мавжуд
  • Код: C2019
  • Вазни: 0.51кг
  • ISBN: 9789943577343
Сотилган сони: 20
Кўрилган сони: 50454
Сайтимиз ишлашини яхшилаш учун биз cookie-файллардан ва шунга ўхшаш бошқа технологиялардан фойдаланамиз. Талаб ва шартлар.