Menu
Your Cart

«Тәфсири Ҳилал» (Қорақалпоқ тилида)

«Тәфсири Ҳилал» (Қорақалпоқ тилида)

«ТӘФСИРИ ҲИЛАЛ»

ДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША БАСЫЛЫМЫ ҲАҚҚЫНДА
БИСМИЛЛАҲИР РОҲМАНИР РОҲИЙМ

Аллаҳ таалаға шексиз мақтаўлар ҳәм шүкирлер болсын. Пайғамбарымыз алайҳиссаламға кәмил ҳәм толық салаўат ҳәм де сәлемлер болсын.

Елимизде соңғы жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен диний-ағартыўшылық тараўда да бир қатар жаңаланыўлар, унамлы өзгерислер ҳәм реформалар әмелге асырылмақта. Түрли динлерге тийисли қәдириятларды асырап-абайлаўға, барлық пуқараларға өз итиқадын әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды жаратып бериўге, динлер ҳәм миллетлераралық аўызбиршиликти және де беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда басқа мәмлекетлерге үлги боларлықтай бай тәжирийбе арттырылды. Диний қәдириятларды тиклеў ҳәм асырап-абайлаўға қаратылған көплеген ҳүкимет қарарлары қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

Президентимиздиң Қарақалпақстан мусылманларына болған итибары нәтийжесинде диний-ағартыўшылық тараўдағы бир қатар китаплардың қарақалпақша аўдармасы да басылып шыға баслады. Бирақ, тән алыў керек, қарақалпақ тилиндеги диний-ағартыўшылық мазмундағы әдебиятлардың жетиспеўшилиги еле өз ҳалынша қалмақта еди. Себеби, және дөретилиўи, аўдарылыўы ҳәм басып шығарылыўы керек болған китаплар жүдә көп. Усыларды итибарға алып, биз де динимиздиң муқаддес китабы – Қураны кәриймниң толық тәфсирин халқымызға ана тилимизде жеткериўди мақул көрдик.

Усы мақсетте Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың рус, қазақ ҳәм басқа да туўысқан тиллерге аўдарылып атырған «Тәфсири Ҳилал» шығармасы қарақалпақ тилине де аўдарылып, итибарыңызға усынылмақта. Китапты аўдарыўда қарақалпақ тилиниң сөзлик өзгешеликлерине итибар берилди. Сондай-ақ, ана тилимизде тиккелей аўдармасы жоқ болған (мысалы: фидя, каффарат, нысаб, итикаф, нәзр сыяқлы) сөзлерди сол ҳалында пайдаландық. Ал, аўдармасы бар, бирақ тәфсирде қолланылғанда тар мәнини аңлатыўы мүмкин болған айырым сөзлердиң арабшасын қолландық (неъмат, мағфират, мөжиза ҳәм тағы басқа).

Зәрүр деп билген орынларда аяттың өзинде қаўсырма ишине қосымша мәниси түсиндирилген болса, көпшилик жағдайдарда тәфсир даўамында кеңнен түсиник берилди. Қураны кәриймди аўдарыўда ҳәм оның тәфсирин жазыўда дүнья халықларының бәршеси усы усылдан пайдаланады.

Қолыңыздағы китап «Тәфсири Ҳилал»дың екинши басылымынан қарақалпақ тилине аўдарылды.

Китапты аўдарыўда өзлериниң баҳалы пикир-усыныслары менен жақыннан жәрдем берген пайтахтымыздағы Муҳаммад ал-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшыларына миннетдаршылығымды билдиремен. Аллаҳ таала бәршесинен разы болсын!

 

Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
Нашриёт: «Hilol Nashr»
Сана: 2023
Ҳажми:
1-жуз 640 бет;
2-жуз 608 бет; 
3-жуз 656 бет; 
4-жуз 616 бет; 
5-жуз 672 бет; 
6-жуз 616 бет; 
ISBN:
Ўлчами: 70×100 1/16
Муқоваси: қаттиқ


Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Дин ишлари бўйича қўмитанинг 5439-сонли тавсияси ила чоп этилган


Мазмуны

1-жилд
«Тәфсири Ҳилал»дың қарақалпақша басылымы ҳаққында
Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳаққында
Алғы сөз
Фатиҳа сүреси
Бақара сүреси
Әли Имрон сүреси
Ниса сүреси

2-жилд

Маида сүреси

Анъам сүреси

Аъроф сүреси

Анфал сүреси
Тәўбә сүреси

3-жилд

Юнус сүреси

Ҳуд сүреси

Юсуф сүреси

Раъд сүреси

Ибраҳим сүреси

Ҳижр сүреси

Наҳл сүреси

Исро сүреси

Каҳф сүреси

Мәрьям сүреси

Тоҳа сүреси
Әнбия сүреси

4-жилд

Ҳаж сүреси

Муъминун сүреси

Нур сүреси

Фурқон сүреси

Шуаро сүреси

Намл сүреси

Қосос сүреси

Анкабут сүреси

Рум сүреси

Луқман сүреси

Сәждә сүреси
Аҳзаб сүреси

5-жилд

Саба сүреси

Фатир сүреси

Ясийн сүреси

Соффат сүреси

Сод сүреси

Зумар сүреси

Ғофир сүреси

Фуссилат сүреси

Шуўро сүреси

Зухруф сүреси

Духон сүреси

Жасия сүреси

Аҳқоф сүреси

Муҳаммад сүреси

Фатҳ сүреси

Ҳужурот сүреси

Қоф сүреси

Зәрият сүреси

Туўр сүреси

Нажм сүреси
Қомар сүреси


6-жилд

Ар-Роҳман сүреси

Ўақыя сүреси

Ҳадийд сүреси

Мужадала сүреси

Ҳашр сүреси

Мумтаҳана сүреси

Соф сүреси

Жума сүреси

Мунафиқун сүреси

Тағобун сүреси

Талaқ сүреси

Таҳрим сүреси

Мулк сүреси

Қолам сүреси

Ҳааққоҳ сүреси

Маъариж сүреси

Нуҳ сүреси

Жин сүреси

Муззаммил сүреси

Муддассир сүреси

Қыямат сүреси

Инсан сүреси

Мурсалат сүреси

Наба сүреси

Назиат сүреси

Абаса сүреси

Такўийр сүреси

Инфитор сүреси

Мутоффифийн сүреси

Иншиқоқ сүреси

Буруж сүреси

Ториқ сүреси

Аъла сүреси

Ғошия сүреси

Фажр сүреси

Балад сүреси

Шамс сүреси

Лайл сүреси

Зуҳа сүреси

Шарҳ сүреси

Тийн сүреси

Алақ сүреси

Қодр сүреси

Баййина сүреси

Залзала сүреси

Адият сүреси

Қориъа сүреси

Такасур сүреси

Аср сүреси

Ҳумаза сүреси

Фийл сүреси

Қурайш сүреси

Маъуўн сүреси

Кәўсар сүреси

Кафируўн сүреси

Наср сүреси

Масад сүреси

Ихлас сүреси

Фалақ сүреси

Нас сүреси

«Тәфсири Ҳилал» оқыўшыларына

Алғы сөз

Қуран нәзил болыўының басланыўы

Қуранның топланыўы

Қуранның бөлек-бөлек нәзил қылыныўы

ҳәм буның ҳикметлери

Қуранның инсанларды илажсыз қалдырыўы

Қуранның мөжизалығы

Қуранды қалай оқыймыз

Маўарауннаҳрда тәфсир ҳәм муфассирлер

Усы тәфсирдиң айырым өзгешеликлери (Соңғы сөз орнында)
«Тәфсири Ҳилал» китабында пайдаланылған әдебиятлар

Тавсия ёзиш

Изоҳ: HTML is not translated!
Ёмон Яхши
«Тәфсири Ҳилал» (Қорақалпоқ тилида)
698 000 сўм
  • Stock: Мавжуд
  • Код: 4149
  • Вазни: 6.75кг
Сотилган сони: 1
Кўрилган сони: 25729
Сайтимиз ишлашини яхшилаш учун биз cookie-файллардан ва шунга ўхшаш бошқа технологиялардан фойдаланамиз. Талаб ва шартлар.