«Қарыз ҳәм оған байланыслы мәселелер»
Бенделерин жақсы қарыз бериўге шақырған Аллах таалаға Оның жалалына ҳәм жамалына мүнәсип ҳамду сәнелер болсын!
Қарыз мәселесин шырайлы түрде әмелге асырыўды үйреткен Аллаҳ тааланың ақырғы пайғамбары Муҳаммад Мустафаға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Қарыз мәселеси әзел-әзелден, турақлы рәўиште адамлардың басын қатырып киятырған мәселелерден бири екенлиги ҳеш биримизге сыр емес. Бул мәселеде мусылман адам өзин қалай тутыўы кереклиги ҳаққындағы хүкимлерди керегинше үйрениў ҳәр бир мусылман ушын жүдә зәрүр. Ҳақыйқатында да, инсан ким болыўына қарамастан, өмири даўамында қарыз мәселесине дус келиўи турған гәп: биреў қарыз алады, биреў қарыз береди. Қарыз алған да, қарыз берген де, қарызға гүўа болған да бул ис бойынша бар болған шәрий тәлиматларды, қарыздың шәрияттағы ҳүкимлерин билиўи тийис. Қарыз мәселеси түрли себеплерге көре бүгинги күнимиздиң әҳмийетли мәселелеринен бирине айланып қалды, десек, асыра айтпаған боламыз. Алдынғы дүзим дәўиринде адамлардың экономикалық искерлиги қатаң шекленген, жеке меншиклик дерлик қадаған етилген еди. Сол себепли қарыз мәселеси де шекленген, адамлар бул машқалаға ҳәзиргидей дус келмейтуған еди. Жаңа шараятта көпшиликке аңсат жол менен тезирек ҳәм көбирек байлық арттырыў тилеги хаўня алды. Олардың қыялы бул мақсетке ерисиўдиң ен ансат жолы қарыз алып, саўда ислеў ямаса кандай да бир исбилерменлик пенен шуғылланыў, деген пикир менен бәнт болды. Адамлар «Пәлен муғдарда карыз алып, оны бир мәрте «айландырсам», бунша пайда көремен, еки мәрте «айландырсам», мине, мынандай болады»ға уқсаған есап-санақларды қылыўға түсти Ҳәр ким қылмақшы болған исин жақсы биле ме-жоқ па өзине, ҳәзирги шараятқа туўры келе ме-жоқ па - бәри бир, нәтийжеси, әлбетте, зор болады, деген ой менен ҳәрекет баслады. Көбирек, «Пәленшелер сонша қарыз алып, шеттен зат алып келип сатқан екен, сонша пайда көрипти, мен де сондай қылмақшы манға уқсаған ис көриў ҳәўиж алды. Пәленшениц ата-бабасы бул истин усталары болғаны, ол усы исти олардан үйренип өзлестирип алғаны ҳаққында ойлаў олардың ойына да кирип шықпас еди.
Терең ойламай, асығып қылынған әне сондай ислер ақыбетинде «исбилерменлер» арасында исти еплей алмай, қарызға батып қалыў жағдайлары әстеақырын көбейип барды. Адамлар ортасында бул бойынша келиспеўшиликлер, тартысыўлар, урыс-жәнжеллер пайда бола баслады. Қарыз бергенлер берген қарызларын қайтарып алыў кыйын болып атырғанынан, ал қарыз алғанлар «есаплағыш айланып» тур ғанынан тынбай шағым қылар еди. Бара-бара қарыз алғанынан тонап атырғанлар ҳәм қарызды қайтарып алыў ушын әдеттен тыс илажлар көрип атырғанлар ҳаққында гәплер өрший баслады. Әдеттегидей, кылар исти қылып қойғанынан, гүзе сынып, суў төгилгенинен кейин моллаларға мүрәжат етиў де басланып кетти. Қарыз алып-қарыз берип атырғанда шәрият та, илим ийелери де ядына келмеген адамлар басларына ис түскеннен кейин машқаланы шешиў ушын шәрияттың ҳүкимин, илим ийелериниң араласыўын қәлеп қалар еди.
Бул жағдай устазларды да қарыз ҳәм оған байла- ныслы мәселелер бойынша китап ақтарыўға, излеп-сорастырыўға мәжбүрледи. Алдынлары бул сыяқлы мәселелер аз болғанлықтан уламалар да олар ҳаққын- да терең талқыланған жуўапларды таяр ҳалда табыў исинде бир қанша қыйналыўы турған гәп еди. Ең қыйыны, шәрият тәлиматларына әмел қылмай алып барылған қаржы айланысларында пайда болған машқалаларды шәрият ҳүкими бойынша шешиў керек бо- лар еди. Бул мәселелердиң дерлик ҳәммесинде «Егер алдын ала сорап, шәрият бойынша ис тутқаныңызда, бул ҳалға түсилмес еди», деген гәплер болар еди. Мысал ушын, еки тәрептиң гәпи бир-бирине туўры келмей қалғанда, «Араңызда болған қарыз мәселесин жазып қойғансыз ба?» деп соралса, екеўи де «Як», деген жуўапты берер еди. «Гүўалар бар ма?» деген сораўға да дәл сол жуўап алынар еди...
Қарыз бойынша жәнжеллер ҳәзирги кунимизде де даўам етпекте. Ең жаманы, қарыз бериў имканияты бар адамлар болып өткен ўақыялардан кейин биреўге қарыз бериўге батына алмай қалды. Қарыздарлардың айырымлары қарызды төлеўге ҳәрекет етиў орнына ҳәр түрли ҳийлелерди иске салыўға өтти. Ал, қалған лары қарыздан қалай қутылыўды ойлап, кыяллары пәрийшан болып жүрипти. на
Қабыллаўыма киретуғын адамларымыздың белгили бир бөлими карыздарлар болып, олар меннен қарыздан кутылыў ушын не қылыў ҳәм өзлерин калай тутыў кереклиги ҳаққында мәсләхәт, бул бойынша дуўаларды сорайды.
Сондай-ақ, жәмийет көлеминде де карыз маш- қаласы ҳаққында, қарыз берип, қайтарып алалмай жүргенлердиң налышлары, қарызды бермей жүргенлердиң жалатайшылықлары ҳаққындағы ҳәм соған уқсас ҳәр түрли гәплер елеге дейин азайған жоқ.
Бул машқалалар ҳәм оларға байланыслы жағдай- лар бойынша керекли шәрий мағлыўматларды өз ал дына китапша көринисинде усыныў ҳаққында көптен берли ойлап, жобаластырып жүрер едим. Аллаҳ тааланың қәлеўи менен усы күнлери усы жобаны әмелге асырыў ўақты келгендей болып қалды. Ҳақ субҳанаху ўа тааладан жәрдем сораған ҳалда бул исти әмелге асырыўға қол урдық. Аллаҳ тааланың Өзи бул исте бизге жәрдемши болсын!
Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттин 2024-жыл 31-июльдеги 03-07/4633-санлы жуўмағы тийкарында таярланды.
Муаллиф: Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф
Таржимон: Шамсуддин Бахауддинов
Нашриёт: «Hilol-nashr»
Сана: 2024 йил
Ҳажми: 144 бет
ISBN: 978-9910-719-77-6
Ўлчами: 84×108 1/32
Муқоваси: Юмшоқ
- Stock: Мавжуд
- Код: 5217
- Вазни: 0.15кг
- ISBN: 9789910719776