Menu
Your Cart

«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том

«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том
«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том
«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том
«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том

«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том

ҚАРАҚАЛПАҚША БАСЫЛЫМ ҲАҚҚЫНДА

    Аллаҳ таалаға таўсылмас ҳамду сәнелер болсын. Пайғамбарымызға кәмил ҳәм толық салаўат ҳәм сәлемлер болсын.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ме­нен елимизде диний-ағартыўшылық тараўда да бир қа­тар жаңаланыўлар, өзгерислер әмелге асырылмақта. ­Ха­лықтың итияжынан келип шығып, алыс қала ҳәм аўыл­ларда көрсең көз қуўанатуғын мешитлер бой тиклеп, ал барлары қайта реконструкцияланбақта. ­Президенти­миздиң Қарақалпақстан мусмылманларына болған ити­ба­ры нәтийжесинде диний-ағартыўшылық тараўдағы бир қатар китаплар қарақалпақ тилинде ­басылып шыға баслады. Бирақ, булар теңизден бир тамшы ғана. Қара­қалпақ тилиндеги диний-ағартыўшылық әдебият­лардың жетиспеўшилиги еле өз ҳалынша қалмақта.  Себеби, жә­не дөретилиўи, аўдарылыўы ҳәм басып шы­ғарылыўы керек болған китаплар жүдә көп. Усыларды итибарға алып, биз де Қураны кәриймнен кейинги дини­миздиң екинши дереги болған ҳәдис илимин халқымыз­ға ана тилимизде жеткериўди мақул көрдик.   

    Усы мақсетте Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың орыс, қазақ ҳәм басқа да туўысқан тиллерге аўдарылып атырған «Ҳадис ва Ҳаёт» дүркини қарақалпақ тилине де аўдарылып, итибарыңызға усынылмақта. Бул шығарманы баспаға таярлаў барысында ҳәдислердиң арабша текстине де мүрәжат қылынды. Себеби, ҳәр қандай шығарманың түп нусқасына итибар қаратылмаса, аўдарманың негизги мәнисинен бираз узақласып кетиўи мүмкин.

Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
Номи: «Ҳадис ва Ҳаёт» 3-жуз. (қорақалпоқ тилида)
Нашриёт: «HILOL NASHR» Нашриёт-матбааси
Сана: 2019 йил
Ҳажми: 264 бет
ISBN: 978-9943-5774-7-3
Ўлчами: 84х108 1/32
Муқоваси: қаттиқ

 

Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Дин ишлари бўйича қўмитанинг 2019 йилдаги 4146-рақамли тавсияси ила чоп этилган


Мазмуны:

Қарақалпақша басылым ҳаққында
Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳаққында
Алғы сөз
Кирисиў
Сүннет деген не?  13
Сүннет тарийхы  22
Ҳәдисти тексериў  34
Муҳаддислер  41
«Улум ул-ҳәдис»  46
Сүннет ҳәм фақиҳлар  52
Муҳаддис имамлар ҳәм фиқҳий мәзҳаблар  63
Сүннеттиң санад тәрепинен бөлиниўи  68
Ҳәдис пенен бекитилген ҳүкимлердиң төртке бөлиниўи  70
Пайғамбар алайҳиссаламнан болған әмеллердиң түрлери  72
Ҳәдис пенен бекитилген ҳүкимниң дәрежеси  75
Сүннеттиң уламалар қолланыўында түрли мәнилерди аңлатыўы  80
Сүннет муҳаддислер қолланыўында  81
Сүннет фақиҳлар қолланыўында  83
Сүннет усулы фиқҳ уламалары қолланыўында  84
Сүннет саҳабалар қолланыўында  85
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан болған нәрселердиң екиге бөлиниўи  93
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан пайғамбарлық сыпатлары менен болған сүннетлер  95
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан пайғамбарлық сыпатларынан тысқары болған сүннетлер  97
Қандай нәрселер Муҳаммад алайҳиссаламнан инсанлығы себепли болған?  106
Пайғамбар алайҳиссаламның туўры жолға баслаў мақсетинде айтқан гәплери  117
Сүннеттеги ҳүкимлердиң улыўма ҳәм хасқа бөлиниўи  120
Сүннет ҳәм ақоид мәселелери  122
Еслетпе  126
Саҳиҳ ҳәдислерди де таңлап билиў керек  129
Ҳәдислерди жақсы түсиниў ушын зәрүр нәрселер  132
Маўарауннаҳрдағы ҳәдис ҳәм муҳаддислер  146
Китапқумарға еслетпе  155
Ҳәдис үйрениўшиниң әдеплери  158
Имам Бухарий  165
Имам Муслим  170
Имам әбиў даўыт  172
Имам Термизий  174
Имам Насаий  176
Имам ибн Мажа  179
Мәлик ибн Анас  181
Имам Аҳмад ибн ҳанбал  184
Имам Даримий  1870
Имам ҳаким  190
Имам Шафиий  191
Китап ҳаққында  195
Китаптың бөлиниўи  200
Түсиндирме сөзлик  201

Тавсия ёзиш

Изоҳ: HTML is not translated!
Ёмон Яхши
«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 3-том
16 500 сўм
  • Stock: Мавжуд
  • Код: C2242
  • Вазни: 0.29кг
  • Dimensions: 0.00см x 13.00см x 27.00см
  • ISBN: 9789943577473
Сотилган сони: 11
Кўрилган сони: 62104
Сайтимиз ишлашини яхшилаш учун биз cookie-файллардан ва шунга ўхшаш бошқа технологиялардан фойдаланамиз. Талаб ва шартлар.