«Ҳәдис ҳәм Турмыс» 1-том. Кирисиў.
ҚАРАҚАЛПАҚША БАСЫЛЫМ ҲАҚҚЫНДА
Аллаҳ таалаға таўсылмас ҳамду сәнелер болсын. Пайғамбарымызға кәмил ҳәм толық салаўат ҳәм сәлемлер болсын.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимизде диний-ағартыўшылық тараўда да бир қатар жаңаланыўлар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Халықтың итияжынан келип шығып, алыс қала ҳәм аўылларда көрсең көз қуўанатуғын мешитлер бой тиклеп, ал барлары қайта реконструкцияланбақта. Президентимиздиң Қарақалпақстан мусмылманларына болған итибары нәтийжесинде диний-ағартыўшылық тараўдағы бир қатар китаплар қарақалпақ тилинде басылып шыға баслады. Бирақ, булар теңизден бир тамшы ғана. Қарақалпақ тилиндеги диний-ағартыўшылық әдебиятлардың жетиспеўшилиги еле өз ҳалынша қалмақта. Себеби, және дөретилиўи, аўдарылыўы ҳәм басып шығарылыўы керек болған китаплар жүдә көп. Усыларды итибарға алып, биз де Қураны кәриймнен кейинги динимиздиң екинши дереги болған ҳәдис илимин халқымызға ана тилимизде жеткериўди мақул көрдик.
Усы мақсетте Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың орыс, қазақ ҳәм басқа да туўысқан тиллерге аўдарылып атырған «Ҳадис ва Ҳаёт» дүркини қарақалпақ тилине де аўдарылып, итибарыңызға усынылмақта. Бул шығарманы баспаға таярлаў барысында ҳәдислердиң арабша текстине де мүрәжат қылынды. Себеби, ҳәр қандай шығарманың түп нусқасына итибар қаратылмаса, аўдарманың негизги мәнисинен бираз узақласып кетиўи мүмкин.
Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
Номи: «Ҳадис ва Ҳаёт» 1-жуз. (қорақалпоқ тилида)
Нашриёт: «HILOL NASHR» Нашриёт-матбааси
Сана: 2019 йил
Ҳажми: 216 бет
ISBN: 978-9943-5774-7-3
Ўлчами: 84х108 1/32
Муқоваси: қаттиқ
Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Дин ишлари бўйича қўмитанинг 2019 йилдаги 3844-рақамли тавсияси ила чоп этилган
Мазмуны:
Қарақалпақша басылым ҳаққында
Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳаққында
Алғы сөз
Кирисиў
Сүннет деген не? 13
Сүннет тарийхы 22
Ҳәдисти тексериў 34
Муҳаддислер 41
«Улум ул-ҳәдис» 46
Сүннет ҳәм фақиҳлар 52
Муҳаддис имамлар ҳәм фиқҳий мәзҳаблар 63
Сүннеттиң санад тәрепинен бөлиниўи 68
Ҳәдис пенен бекитилген ҳүкимлердиң төртке бөлиниўи 70
Пайғамбар алайҳиссаламнан болған әмеллердиң түрлери 72
Ҳәдис пенен бекитилген ҳүкимниң дәрежеси 75
Сүннеттиң уламалар қолланыўында түрли мәнилерди аңлатыўы 80
Сүннет муҳаддислер қолланыўында 81
Сүннет фақиҳлар қолланыўында 83
Сүннет усулы фиқҳ уламалары қолланыўында 84
Сүннет саҳабалар қолланыўында 85
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан болған нәрселердиң екиге бөлиниўи 93
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан пайғамбарлық сыпатлары менен болған сүннетлер 95
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан пайғамбарлық сыпатларынан тысқары болған сүннетлер 97
Қандай нәрселер Муҳаммад алайҳиссаламнан инсанлығы себепли болған? 106
Пайғамбар алайҳиссаламның туўры жолға баслаў мақсетинде айтқан гәплери 117
Сүннеттеги ҳүкимлердиң улыўма ҳәм хасқа бөлиниўи 120
Сүннет ҳәм ақоид мәселелери 122
Еслетпе 126
Саҳиҳ ҳәдислерди де таңлап билиў керек 129
Ҳәдислерди жақсы түсиниў ушын зәрүр нәрселер 132
Маўарауннаҳрдағы ҳәдис ҳәм муҳаддислер 146
Китапқумарға еслетпе 155
Ҳәдис үйрениўшиниң әдеплери 158
Имам Бухарий 165
Имам Муслим 170
Имам әбиў даўыт 172
Имам Термизий 174
Имам Насаий 176
Имам ибн Мажа 179
Мәлик ибн Анас 181
Имам Аҳмад ибн ҳанбал 184
Имам Даримий 1870
Имам ҳаким 190
Имам Шафиий 191
Китап ҳаққында 195
Китаптың бөлиниўи 200
Түсиндирме сөзлик 201
Ўхшаш маҳсулотлар
ҳадис ва ҳаёт, ҳадис ва ҳаёт, қорақалпоқча, Ҳазрат, Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф, хадис, хаёт, hadis va hayot, ҳадис ва ҳаёт, qoraqalpoqcha, Hazrat, Shayx Muhammad Sodiq Muhammad Yusuf, xadis, xayot